Басшылар ҳеш уйықламайды.
Таң атқанша бюро болды,
Талай өпке-гийне болды,
Күни-түни уйқы көрмей,
Кирпиклерде ийне болды,-
деп айтып жибергенде бул қосықты еситип, Пиржан аға ишек-силеси қатып күлген еди.
Тилеỹберген аға халық дәстүрлерине садық адам болды. Шоманайда ỹәкилшиликте жүргенимизде жыйналыс әбден созылып кетип түслик болмай қалды. Төрт бригадир бирден жумыстан алынды. Пиржан аға:
-Енди түсликти Оразалының қырмышы (Оразалы ағаның үйине қай ỹақытта барсақ та қырмыш тайын болатуғын еди) менен ислеймиз. Енди сол жерге барып түсленемиз, -деп жүрип кеттик.
Саат төрттен асып кетипти. Тилеỹберген аға машинада киятырып:
-Мәтеке ағаның нан жапқан келинлери жоқпа екен,- деп сорады. Себеби, ол ақсақал районларда жүрген ỹақтында түслениỹ мүмкиншилиги болмаған жағдайларда нан жапқан жеңгелердиң нанынан аỹыз тийип кетебереди екен. Тилеỹберген аға да тап усы усылды қолланғанды мақул көрген еди. Киров атындағы совхозға қараслы хожалықлардың биринде нан жаỹып атырған бир келиншекти ушыраттық. Машина тандыр жанына келип тоқтаған ỹақытта, ҳәкисине келиншек қорқып жүỹериниң ишине қарай қашып кетти. Себеби, бул ỹақытлары ỹәкилшилик жүдә қатал еди. Тилеỹберген аға машинадан түсип келиншекти шақырды. Изинен мен де бардым. Келиншек өзиниң ерси ҳәрекетлеринен уялып кеширим сорай баслады. Ал Тилеỹберген ағаның илхамы тутып бирден қосық шығарып жиберди:
Тандыр басында келиншек,
Я шаққансыз, я ериншек,
Далаға неге қаштыңыз,
Машыннан түсип көринсек.
Қашып ақбасқа сүриндиңиз,
Дым шоршыған көриндиңиз,
«Аттан түсип нан жең» деген,-
Жоқпа елде дәстүриңиз?
Келгеннен кеттиңиз қашып,
Кем-кемнен араны ашып,
Жасырынбақ ойнағандай,
Не себеп сәл ғәплет басып.
Тандырыдан биз өте алмадық,
Мәнзиллерге жете алмадық,
Халыққа дәстүр болғаннан соң,
Нанды таслап кете алмадық.
Турсаңыз қабақты үйип,
Нанның бәри кетти күйип,
Бизлер болсақ қудайы қонақ,
Кетемиз тек аỹыз тийип-, деп баспалатып жиберди. Мен сонда Тилеỹберген ағаның ҳәзир жуỹаплылығына қатты ҳайран қалған едим.
Ол бул сөзлер менен де тоқтаған жоқ:
Дийханның көп дақылы бар,
Дән еккенниң ақылы бар,
«Жуп нан берген саỹап» деген,
Халықтың үлкен нақылы бар,-деп даỹамлады.
Ол ҳәр қандай ỹақыяны да қосық желисине сиңдирип жиберетуғын еди.
Мен ол кисиге арнап бир қосық та жазғанман. Бул қосықты Тилеỹберген ағаның өзине еситтирсем де, ол ỹақытлары баспа сөзге усынғаным жоқ еди:
Тилге шешен, сөзге жетик,
Қарт болса да өзи тетик,
Сөз баслайды йошып кетип,
Шайыр аға Тилеỹберген.
Сөз басласа Макарьядан,
Озар ҳәр бир қариядан,
Саға алғандай дәрьядан,
Бурқып, аға Тилеỹберген.
Миниңди айтар жасырмай,
Сөзлери көпдур қашырмай,
Бир-бирине уйқастырмай,
Сөз сөйлемес Тилеỹберген.
Сөзин ойлап айтар терең,
Керек емес қағаз, қәлем,
Шайырлығы үлкен әлем,
Сөз шебери Тилеỹберген.
Қосықлар ағар жаз болып,
Сөз сөйлесе кәмбил болып,
Йошып кетер Жамбыл болып,
Шайыр аға Тилеỹберген.
Мереке қызбас ол бармай,
Жуỹап айтар сөзден қалмай,
Сөз устасы «суỹырып салмай»,
Шайыр аға Тилеỹберген.
Жүрген жери байрам болып,
Тыңлағанлар ҳайран болып,
Йошар Омар Ҳайям болып,
Сөз зергери Тилеỹберген.
Тилеỹберген Қуппатулла улы тап усындай терең лапызға ийе шайыр болды. Оның ең әжайып мийраслары пүткил халықтың ядында қалды. Ол миллий әдебиятымызды раỹажландырыỹда үлкен үлес қосты, қарақалпақ халқының дәстүрли поэзиясын жетилистириỹ бағдарында жемисли мийнет етти. Сол ушын да бүгинги күнде Республикамыздың көп ғана мәдений ағартыỹшылық орайлары, мектеплер, көшелер бул белгили шайырымыздың исми менен байланысады. Усындай себеплерге көре, ол бизиң мәдений тарийхымыздың көрнекли искерлеринен есапланады.
26- декабрь, 1995-жыл.
3. Қәдирдан халық шайыры
Қарақалпақ халқы тарийхында көп ғана шайырлар өткен. Олардың көпшилигине «халық шайыры» атақлары мәмлекет тәрепинен берилмеген менен де халық оларды ҳақыйқый миллий шайырлары сыпатында тән алған. Булардан Аяпберген Муỹсаев, Аббаз Дабылов, Қазы Мәỹлик ҳәм Садық Нурымбетовлардың исимлери аталады. Солар менен бир қатарда Тилеỹберген Жумамуратов та тилге алынады.
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Комментарии 1
Усыда.Хар жагдайга
карап Турган жеринде
косык жазып жибереди.