«ПЯТАЧОК» - Диляра Тлеўберген қызы
Өмиримниң бес ярым жыл толған күнлери. Аппақ қарға бөленген әтирап, гә думалап, гә турып шаналарда бирин-бири тартып ойнап жүрген кишкене балалар... Есикти ашып жибергенде үйге «гүӯ» етип киретуғын жағымлы таза ҳаӯа, сырттан жүзлери қып-қызарып, «ийшша» деп асығыс кирип келип, қолларын гә ошаққа тутып, гә бири-бирине ысқылап жылытып атырған жақынларым!.. Усы қубылыслар ойымда умытылмас.
Бул жыллардыӊ және бир жағымлы таза ҳаӯасы, сана-архивимизге жазылған, оқылып туратуғын үлкен шадлы ӯақыясы - 1962-жылдыӊ 20- январь күни генжетайымыз Диляра ─ Диляш сиӊлимниӊ дүньяға келгени болды.
Бул күнлер қызықлы ӯақыяларға толы. «Тез жәрдем» келди, анам бизлерге, яғный, «майдаларға»: ─Ҳәзир әжепаӊ оқыӯдан келеди, әнедей болып отырып турың, шырақларым,- деди де кетти.
Анамды тез жәрдем әкеткенин еситкен әкем жумыстан шыға емлеӯханалардан излеп, келиншегин табалмай сарсан болған. Соныӊ арасынша шадлы хабарды еситип күлип жиберипти: келиншегин туӯыӯ үйинен излеӯ ҳеш ойына келмеген екен.
Қысынғанынан ба, яки бул генжетай қызына айрықша қуӯанғаннан ба, бурыннан тәжирийбеге ийе болмаған үлкен иске қол урып, «аш болып қалыӯ қәӯпи бар» бизлерди тойдырыӯ ҳәм жуптысына апарыӯ ушын аӯқатка айланыскан.
Үйимизде өз тарийхына ийе китаплар бар еди. Әкемиз усындай бизге таныс, ишинде әлӯан реӊли көп аӯқатлардыӊ сүӯретлери бар көлемли китапты қолына алып, «плов» деген жерин жақсылап оқып, қазанға ақ май қуяды. Соӊ бөлмесине кирип, көз әйнегин кийип, ҳәмме де "жүрек жутып" мойнына алабермейтуғын алгоритми қатаң аўқат «плов»ды дәрриӯ писириӯ ушын қалған жақларын үйрениӯге кириседи. Сөйтип, қызығып кетип, китапты бастан-аяқ оқып отыра берген.
Аспазды күтип турған қазан кем-кемнен түтеп, алысыӯға шамаласқан. Алла абырой берип, «шешем бүгин тым-тырысқой-ай, хабар алайын» деп қоӊсы келин Турдыгүл жеӊге келип қалған. Бизлерден «папам палаӯ асып атырғанын» еситип, «өйппий, қойш», «кесент бермеӊ» деп төрги жайдыӊ есигин қаттырақ жаӯып, аӯқатқа өзи айланысады. Шаққан жеӊгем демде палаӯды демлеп, әтирапын әндәмлап, «Асия кеп салар» деп асығыс үйине кетеди. Бираздан соң әкем, аспазлықты жақсылап «меӊгерип», ал, баслайық, деп қазанныӊ қасына келсе, хош ийиси асхананы алып, «өз-өзинен писип турған» палаӯды көрип ҳайран болады.
Тек Мурат үкемниӊ исмин мен қойғаным болмаса, әкемиз ҳәмме перзентлерине, ақлықларына тек өзи исм қойған. Байрон, Асия, Зухра, Замира, Малика, Мурат, Диляра... Бари тилге жеӊил, ықшам, сулыӯ, менимше.
Демек, Диляра!... Сөйтип нәрестениң аты ким екенин тез билеғойдық. Шаққанласып сыртта гүрек пенен қар тазалап жүрген әжағамның досларының бири аппақ қарға сызып "Диляра" деп жазды!
«Қам гербиштен өрген бес қабат жайым»ыздыӊ еӊ пайызлы жери - төрги үш бөлмениӊ биринши шеп қабатындағы әкемиздиӊ бөлмеси. Бөпени усы жайға, әкемиздиӊ кәтине жатқарып қойды. «Мен қарап отыраман» деп жанынан шықпайман. Замира әжапа да усы жерде қалғысы келеди. Асия әжапам, "ҳәзир екеўиңиз жыбырласып оятасыз" деп кишилеў болғансоң жыламасын, деп тек мени қалдырса, Замира: "Бағалмайды-аў", тек қасында қалыӯ ушын бағаман-бағаман дийди" деп сөйлениӯи менен әжапасына ереди.
Бөлме тып-тыныш, жыллы, қандай да жағымлы шадлықты сезинемен. Бирақ, бир тәшиӯишим бар. Қызылала сарғыш бөпеге қарап, «орыс екен? енди не қыламыз? бир өзи орыс", деп қыйланаман. Бул тәшиӯишимди бир умытып, және есиме түссе, қайтадан үскиним қуйылып, қорқыныш бийлейди…
Бир ӯақытта Асия әжепам кирип келди. Нықлап қундакланған бөпени абайламай-ақ қос-қоллап арқайын алып, гә сәл ҳаӯалатып көтерип «Красавица!» дейди. Мен болсам, «әжапа, енди не қыламыз, бир өзи орыс», дедим. Әжепам «қәйдем» деп унжырғасы түсиӯдиӊ орнына, пәрӯайы-пәлек, шадлы күлимсиреӯи менен «есиӊ дурыс па?» деди. - «Не орыс?, орыс емес, қарақалпақтыӊ қара қызы, дана қызы» деди. – Ҳе, дана ма, қара ма?.. онда орыс емес ғой-я? -Яқ!-деди әжепам, -Қара емес, дана, суп-сулыӯ аппақ ғана! Мен шад болдым.
Қалаберсе, әжапамның дана, дегени де рас усайды. Үйимизде бул күнлери "ақыл" деген сөз көп айтылды, ҳаўада айланып жүргендей. Себеби, әкемиздиӊ, соӊғылығында мектеп сабақлықларына жайластырылған «Қәсийетли гәӯҳар тас ҳәм Ақылбек бала ҳаққындағы ертеги»ниӊ қолжазбасы ошақ-басында оқылып, жарыққа шығып, тилге түсип атырған ӯақытлары еди. Ертекте шопан ғарры балларын сынап берген тапсырмасын еӊ кишкенеси туӯры шешип береди. Байрон әжағам «бизиң кишкенемиздиӊ мәселе шешиўине еле ертерек шығар деп, "физмат"шы курсласлары менен шопан ғаррының логикалық- математикалық есабын таллаӯға киристи. Бирақ, усы ертек ҳәм басқа барлық биз билген ертеклердеги генжетайлар усап, Диляра сиӊлимиз де ақыллы ҳәм ақылгөй болып шықты. Ҳәммемиз базы нәрселерди «үстиртин түсинип», яки «түсинбей» қайтадан сораймыз, оныӊ күйип-писип түсиндирип отырғаны. Ҳеш нәрсени умытпайды, бизлер еслей алмаған ҳәмме нәрсени еслеп, умытқан узақ ағайинлеримизди, олардың урыўларын да тийрелеп тақлап береди.
Балалығынан, мениӊ Замираға еликлегенимдей, ол да «мен Мураттыӊ көлеӊкесимен» деп, анасын да баӯырламай, бизлердиӊ де қолымызды қағып, тек әжағасыныӊ изинен ергени-ерген. Екеўи демниӊ арасында урсып-таласады, бир майданда туўысканшылығы артып әнедей болып, Диляш "әжаға" деп, Мурат "Пятачогим" деп калады. "Пятачок" - Мураттын тапқан аты, екеўи кызығып көретуғын мультфильмнин "мазалы" қаҳарманы екен. Бул исмге бизлер де үйрендик. Бирақ, "Пятачок" десек, "ҳаў!" дейтуғын генжемиз бир күни ойламаған жерде «Мен пятачок емеспен, ол шошқаша ғой!- деп өкирип жиберип ҳәммени албыратты.
Асия әжапамныӊ еӊ кишкене қәйниси, Нәжим Дәӯқараевтыӊ бизиӊ үйдиӊ баласы болып кеткен перзенти Орынбай әжаға Диляшты жақсы көрип, қолынан тасламайды. Бирақ, «сен маманыӊ қызы болсаӊ, Орынбасқановнасаӊ» дейди. Оныӊ тили зорға айланып, «Яқ, Тилеӯбергеновнаман!» дегенин қызық көреди. Сиӊлим үлкейгеннен соӊ да Орынбай әжаға Диляшты еркелетип, өмиринше «Орынбасқановна» деп атаӯ менен өтти.
Балалығымызда, Зийба достым менен пьеса қойып ойнатуғын едик. Тийкарғы актёрларымыз үкелерим Мурат пенен Диляра. (Зийбанын өзи үйиниӊ генжеси). Ролин келистиргени шығар, «театырмызды көркемлик жақтан безеӯши»миз ─ Зийба достымныӊ Замир әжағасы, бир пьесадан соӊ еӊ мирттәй талантлы «актрисамызды» «Шайтанчик» деп еркелететуғын болды. «Халық атқарған ролиӊ менне атаса, актёр жақсы атқарғаны» деп мақтап қояман мен де өзимше. Шынында да, сиӊлим кип-кирттәй болса да режиссурама бойсынып "еӊ аӯыр, «шайтан» ролин кәмине келтирип атқарып берген талант.
Оныӊ үстине қурылысшы! -Таӯық қора салыӯдыӊ неси қыйын?! -деп гәп таӯды ол бир сапары демниӊ арасында. -Гербишлерди бириниӊ үстине бирин қоя бересеӊ, ылай жағасаӊ, және қоябересеӊ, кейиннен үстин бастырасаӊ, болғаны! Диляштыӊ «таӯық қора салыӯ шеберлигин қызық көрип қоӊсылар да қайта-қайта сораў берип оны шүлдирлетип сөйлетеди. Сөйтип, еркемиз «таӯық қора салғыш» атағын алды.
-Қаллыхан апаныӊ (исмин өзгертип айтаман) таӯық қорасындай болып жүрмесин, -деп күлемиз арасында.
Булай деӯимиз де тарийхқа тийкарланған. Шайыр-жазыӯшы қоӊсыларымыздан бириниӊ қостары Қаллыхан апа: - Атызға кинотеатр салып атырмыз, оны тиклеӯге көмеклескенлер киноға «бесплатно» киреди,- деп, ҳәммемизге гербиш тасытып, қурылыс баслаған еди. Сонда биз кино көретуғын "Родина" кинотеатрымызда саат 10.00дағы сеанс билети 10 тийин. Оннан соӊғы 12-2,4-6-8 деги сеанслар 25 тийиннан. Арзан. Замира әжапам, «мен тийин төлеп-ақ киремен» деп гербиш тасымай кетип қалды. Қалғанларымыз қуӯанысып, ықлас пенен жумыс иследик,. «Жақсы-ғо, үйден жуӯырып шығамыз да, кино көре беремиз, аналарымыздан тийин, я рухсат сорап жалынып жүриӯ де керек емес» деп мәс болдық.
"Қашан кино қойып баслайды екен» деп күтип жүрдик. Бир күни атызларға да кирип кетеберетуғын әдетимиз бенен жасырынбақ ойнап жүрип көрип қалдық, "кинотеатрымыз" питкен, ишинде таўықлар ғоҳақласып жүр. Сада ғана бизлер-әй!... Өткен әсирдиӊ алпысыншы жылларында Н.С. Хрущевтыӊ жүреклерге салған «салқын урыс» қәӯпине байланыслы, көшелерге көшпели кинолар келип, жайлардыӊ ақ дийӯалларында «противогазды қалай кийиӯ керек», бомбадан қалай жасырыныӯ керек» деген мәнидеги фильмлерди көрсететуғын еди. Сондай кинолардан болса да, қойса қоятуғын шығар дедик-тә.
«Қайта жақсы ғой, сизлер гербиш тасыпсыз,-деп күледи Зухра әжапам, ─ бизлерге «кир алғыш сабын ислеп беремен» деп сүйек жыйнатқан еди». «Сүйекти не қылады?», «Қәйдем...Отын қылып жағатугын шыгар».
Бурынлары бул ӯақыялар ядыма түссе, «таӯық қора салынбай қалса да, балаларды өйтип алдамаӯ керек еди» деп ашыӯланатуғын едим. Есим енип егеделескен сайын бул қызықлы балалық естелик кеӯлимде жағымлы самалдай есип, кеӯиллендиреди. Манипуляциялық уқыбы күшли, меҳирли апаны сағынаман...
Айтпақшы, үкемиздиӊ шатақ болған жерлери де көп екен-аӯ. Анамнан қалыспайтуғын еӊ меҳрийбан тәрбияшысы, Асия әжапам турмысқа шығып кеткенде көрдик генжетайдыӊ қайсарлығын. «Қызға да улға да өкпем жоқ, теӊи таӯылса, екеӯине де рухсат берип қойыппан», деп отырған анам, төртинши курсты питкерейин деп турған қызын, еле үйленбеген әжағасынан бурын сораӯсыз алып қашқанға жүдә ашыӯланды. Оқыӯынан келиӯден баӯырлайтуғын, анасынан да көбирек карайтуғын меҳрийбан әжепасын излеген кишкене Диляштыӊ ашыӯы оннан да асып тусти. Излеп жылайбергенсоӊ, "Әжепана барасаӊ, деп кимдур айткан ба, "Әдепама баяман" деп ышқырған даӯысы қулақларымызды тесейин деди. Байрон әжағам да бул сапары иштен зил кетип, кейпиятсыз жүрди. Үкелерине сонша меҳрийбан болса да, ҳеш кимге жубанбаған үкесин, қурылыста қолланатуғын ағаш ешектиӊ үстине қондырып көрди. «Ал онда жылай бер, өзиӊе жақса» деп, төӊкерилип қойылған жазғы шомылыӯ үскенеси "душ"тыӊ ишине де салып көрди. Және аяп, өзиниӊ де кеӯли бузылып, кейпиятсыз жубатып жалынады...
«Көрмеймен, көрмеймен» деп отырған анам шыдамай, «Малика екеӯин апарып қайтыӊ!» деди. Роллан жездемниӊ әкеси Нәжим Дәӯқараев та, анасы Валифа апа да бир етек баланы таслап өмирден ерте кеткен қайғылы тарийхы белгили. Роллан аға ҳәм жоралары бирлесип қызды алып қашып, Нәжим ағаныӊ өзинен соӊғы туӯысқаны Үснат ағанын үйине апарған. Себеби, бул үйде үлкен ана, Нәжим ағаныӊ анасы (ескиде атақлы Қүлен болыстыӊ қызы) бар екен. Қайтып алып кетпесин деп қорғашлағаны.
Қалай шөлкемлестирилгени ядымда жоқ, Асия әжепам ҳәм Роллан жездем бизлерди институттыӊ алдында күтип алғаны есимде. Екеӯи де бир-бирине жарасқан сулыӯ еди. Диляш екеӯмизди универмагқа апарып, сайлаған ойыншықларымыздыӊ бәрин алып берди. Диляш қайта-қайта ҳәр ойыншыққа қызығып, «алаберейинбе» дегендей бала болса да тартыныӊқырап қолын созады. Мен «қой» деймен. Роллан аға жүдә қуӯанышлы, бизлерге меҳир менен бир жаӊалықтай таӊланып қарайды, қысыныспалы күлебереди, алмай қалыӯымыздан қорққандай сатып алғанша асығады. Парктиӊ ишин айланып журдик, соӊ жасап атырған үйлерине апарды. Үснат аға ҳәм Сапаргул апа биз- еки нәрестени «булар үлкен мийман, «қудашалар» деп сыйлап күтип, сарпайлап жиберди. Ол заманда кеште көлик табыӯ мүмкин емес, «Қызкеткен» каналын жағалаған Қарақалпақстан Илимлер Академиясы жанындағы Үснат ағаныӊ «Пионерская» көщесиндеги үйинен Энгельс көшесине шекем Роллан аға Диляшты кешки салқында аязлайды деп одеалға орап көтерип, Асия әжепа мени жетеклеп, қолымыз толы ойыншықлар, кәмпийт-пешенелер, сарпайлар менен жаяӯлап зорға жеттик. Жолда мен шаршадым, деймен. Диляш тоӊдым, дейди. Роллан аға оны және де орап, «қамтып атырмын, қамтып атырмын» тонабереди, -деп қысынады, қарақалпақшаға тили зорға айланып. (Жездемниӊ баста қарақалпақшадан қыйланып, соӊ маман болып кетиӯ себеплери басқа бапларда айтылған). Диляш үйге келгенше уйқылап қалды. сиӊлимниӊ балалығындағы усындай қайтпас қайсарлығы екен, үлкейе келе принципке айланған.
Және бир қызық эпизод бар. Бизиӊ анамыз балаларыныӊ әпиӯайы шатақлықларына да аса мәни берип, «буныӊ изи не болады!»-деп абыржып, қапаланып қалатуғын, тәрбиялап қояйын деп күйип-писетуғын еди. Әкемниӊ жазған мақалалары ҳәм тәрбиядағы сиясатына қарасақ, әкемиз: ─ Балада үлкен жүрек бар, бирақ, ол кишкене денесине жайғаспай ҳапқырып турады. Баланыӊ тәсиршеӊлиги оныӊ санасынан да күшли. Олардыӊ тынып-тыншымаслығы шатақлық емес, дүньяны таныӯы. Гейде үлкенлер менен келиспей шатақ салып айыплы болып қала бергени -ақылыныӊ толыспағанынан, -дейди. Баланы еркелетип, өзине уқтырып тәрбиялаӯ тәрептары.
Бул сапары Мурат пенен Диляра ойншыққа таласып төбелесип қалды, арашашы боламан деген мен, қайтама өршитип алып, өзим де айыплы болып сөз еситип, жыладым. Үшеӯимиз үш мушта жылап отырмыз. Қайсымызға болысса, болыспағаны әрӯанадай аӊырап, анам бизлерди қалай жубатарын билмей албырап отырғанда, әкем кирип келди. Анам үлкен бир шешими қыйын мәселедей түсиндирип берип, «буларға бир урсып қояр» деп оған үмит пенен қарады. Әкем күрсиге отыра сала, дәслеп еӊ қатты жылаған сиӊлимди «Диляра, Диляра, ҳаӯ қызым» деп тынышландырып, солығымызды басалмаған бизлерге қарап, күлийп отырып татарша мотивте қосық айта баслады:
-Ой, Дилляра, Дилляра,
Дилляраға бир қара!..
Малика, Мурат, Дилляра,
Жылап болды масқара!
Ар жағында Мурат отыр,
Диляраны уралмай.
Бержағында Диляра тур,
Көздиӊ жасын тыялмай.
Малика да жылап отыр,
Мәмлеге келтиралмай!
Анамныӊ жүзине күлки үйрилди, биз балалар да, дәслеп, «й-й-й» деп бултыйсақ та, тез даўды умытып, бул шадлы, ойнақы ҳаӯазға ерип, "Ой, Дилляра, Дилляра, Дилляраға бир қара!.." деп нақыратқа қосылып, ойнай кеттипиз....
Ал, Бир қарасақ, бир қарадық!... Диляш та ҳәмме жасы үлкенлерине қараўдан шаршамады. Тынық. Ҳәмме дәстүр-салттың орнын биледи.
Мектепте де, жоқары оқыӯ орнында да жақсы оқыды. Алдынғы бапларда айтқанымдай, сиӊлимниӊ де устазы Байрон әжаға. Оныӊ сабақларының биринде, Байрон муғаллим: – Усы есапты шығарғанға «алты» қояман, – депти. Қырық бир оқыўшының арасында Диляра сиңлим есапты шығарып берип «алты» алған». (Байрон әжағам ҳақындағы баптан үзинди)
Мениӊ қыялымда дизилген мына қатарлардыӊ себепшиси сиӊлим:
Бул мектепте сабақ берди Байрон әжағам,
Жеңгем де негизи, устаздур маған.
Бирақ, сабақта да «Айқыз» деп билди,
Ал, әжағам тәртип тутты сәл қатаң.
Билмегенде бир де қойды гей ўақта,
«Бес»ин аямады, билсем, бирақта.
Әдиллик − бийҳазар қалыс пәзийлет,
Саўатлының тасы аўыр ҳәр ўақта».
Гәптиӊ посгеллеси, бир қарасақ, бул, баяғы қып-қызыл «орыс қыз» енди әкемиздиң "Ушырасыӯ» балладасыныӊ жигерли украин қаҳарманына мегзеп, узақ мәнзиллерди гөзлеп, батпандай абыройлы Киев саӯда институтын жақсы оқып тамамлады. Өзи кишкенемиз болса да, жуўапкерли орынларда иследи. Қарақалпақстанныӊ финанс тараӯында (КРУ) ревизор-экономист, бөлим баслығы, Россияныӊ абыройлы экономикалық проектлеринде жетекши маман, бөлим баслығы лаӯазымларында узақ жыллар хызмет етти.
Өзиниӊ жәмийеттеги ӯазыйпалы жумысынан бөлек, қосымша «есап-санақтыӊ аӯыр тараӯларына «жәрдем бериӊ» түринде мирәт етилип турады. Үзилип кетердей нәзик болса да, принципке қатаӊ. Тилеўбергенова да, Орынбасқанова да бола алды. Ҳәммеге жетип, тек маған жетпей қалған анамыздыӊ шеберлиги, пишиӯ, тигиӯ, жип пенен, "крючок" пенен тоқыў уқыпларын да молдан береғойған бул сиӊлиме де.
Өзи есап-санақ адамы болса да, китапқумар. Дөретиӯшилиги де бар. Жаӊа тили шыққан күнлери «Бизге бәҳәр келди күлимсиреп, бизге бәҳәр келди түлимсиреп», деп қосық жазғаны бар. «Түлимсиреп деген не, десек, - Уйқас» деп жуӯап берген кишкене болса да. Бул кишкене бала ушын даналық жуӯап емес пе?!.. Еӊ «беш кеткеним» Анамыз ҳаққында жүдә әжайып естелик жазып қойғаны.
Маған көп көмеклеседи. Ата үйимде де, хожалығымда да көп жәрдемши болды. Илимий-дөретиӯшилик, жәмийетлик жумысларымда да, түсимпаз. Мени «арена»ға жиберип, жүктиӊ аӯыр жағын көтерип, «сахнаныӊ артында туратуғын, еӊ тилеклес, исенип жумыс тапсырыӯға болатуғын еӊ муқыят инсан, бирден-бир садық. Тек мениӊ емес, ҳәмме туӯысқанларына шын жүректен қалыс «қап қолласады». Өзи солай болыӯ керек ғой.
Бирақ, еӊ жасы киши болса да, ақыл болғансоӊ, туӯры деп есаплаған гәпин айтыӯдан таймайды. «Орыслығына» бара ма, шынлық – ураны. Жүдә айтпағаны, индемей қалғаны.
Жуӯмақлап айтқанда, кишкене демеӊ бизди, көтерип урамыз Сизди, дегендей, турмыс машқалаларынан ақылымыз тубалса, оныӊ «свежий» компьютер мийинен мәсләҳат алып турамыз ҳәм жасымызды миннет қылмай жумсақ сөйлеп, ата- анамыздыӊ генжетайын әлпешлеймиз.
Бүгин және 20-январь. Шадлы күн. Балалығымныӊ жарқын естеликлери...Сени ҳәммемиз жүдә жақсы көремиз, Дилечка! Перзентлериӊниӊ, урпақларыӊныӊ шадлығында және де жасарабергейсеӊ, әдиўли Ана, Ене, Әже болса да, мениӊ мәӊги жас қуўыршақтай сулыў сиңлижаным!! Ҳәмийше бахыт тилеймен!!
Малика Жумамуратова