ЖАҚСЫ АДАМ КИМ... ?
... Қарыз сорап барғаныңызда қарыз берген адамба?!
Жоқ.! Ҳалыңыздан хабардар болып өзи жәрдем усыныс еткен адам…
ЖАҚСЫ АДАМДУР...!
... Ҳажыға бардым деп, ҳажылыққа даўа еткен адам емес…. әтирапындағы жетим жесирлерге азғантай болсада қайыр саўап еткен адам…
ЖАҚСЫ АДАМДУР...!
... Қурбанлыққа қой сойып, бай досларына үлестирген адам емес... бир бөлектен болсада, мүмкиншилиги барынша муңлыларға тарқатқан адам...
ЖАҚСЫ АДАМДУР...!
... Шаңарағына қос~қос сарайлар қурып берген адам емес… Ылашықта жасаса да ҳаялының көзинде жасы жоқ адам...
ЖАҚСЫ АДАМДУР...!
... Перзентлерин шырайлы кийиндирип қойған жақсы адам емес… Шырайлы тәрбия берген адам …
ЖАҚСЫ АДАМДУР...!
... Тоқшылықта ҳәзликте жасаған адам емес… жоқшылықта САБЫР етип жасаған адам…
ЖАҚСЫ АДАМДУР...!
... Әўметиңиз келгенде бәрҳәма сиз бенен болған адам емес… әўметиңиз кеткенде қасыңызда турған адам...
ЖАҚСЫ АДАМДУР...!
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Нет комментариев