Барлығымыз итибарды жақсы көремиз, себеби биз өзимизди жақсы көремиз.
Бир адам итибар берсе рахмет итибар ушын деп қоямыз миннетдар болып. Соңғы жылларда уққаным сол адамлардың итибарында емес, алланың итибарында болыўға урыныў дыққатқа ылайық. Себеби адам баласының итибарында болыў қыйын, себеби адам баласы умытыўшы, ҳәтте қылған жақсылығыңа рахмет еситпек былай турсын маламат та еситип қалыўыңыз мүмкин екен, буған мысаллар жүдә көп.
Саўап талап болып көп инсанларға жақсылық, жәрдем етиўге асығаман.
Ибадатта қайым болып, түнлерде турып таң атқанша зикр, тасбеҳлар айтсам, жумысым жүрискеннен жүрисе түседи, ал ибадатта ериншеклик етсем, алланы көп еслемей қойсам ол мени кешире береди, бирақ ислерим сал ақсай баслайды, буған өмирим даўамында көп гүўа болдым.
Жақында бир инсанға және көмек қолымды созып жәрдем бермекши болдым, ақыбетинде ол мениң көмегим оған керисинше кесент болғаны ҳаққында айтты, кеширдим де және даўам ете бердим, себеби оның баласы мениң көмегиме мүтәж екенин иштей билемен.
Қақаман қыс күнлериниң биринде қоңсымның қызы тоңып атырғанлығын( ата-анасы сыртта жумыс ислеўге кеткен) айтып қалды, барып хабар алып, кателы қыздырмай атырғанлығын билдим ҳәм ўақыт кеш болып кеткенине қарамастан кател уста излеп кеттим, кейин кателщикларды зордан таўып (қыста қатты дефицит олар) алып келип кателының надурыс исленгенлигин циркуляция болмай турғанлығын, қайта ислеў кереклигин айтты, мен үй хожейини менен байланысып усталар менен сөйлестирдим, бирақ бул исиме рахмет еситиў ушын емес кишкене қызлардың тоңып атырғанлығына шыдамай ислеген едим, бирақ маған қызларға қарап қалған хозяйканың қыз апасы неге Сизге айттық, неге түни менен үйге усталар алып келдиңиз деп наразы кейпият билдирди, оның көз қарасынан "қызлар тоңса бәле келмейди"- деген мағананы уғып алыў қыйын емес еди.
Ҳәтте бир жақсылық еткен адамым мениң үстимнен шикаят қылыпты.
Бундай мысалларды көплеп келтире бериўим мүмкин. Жақында бир махсым жорама шағынсам, ол маған : "махсым аға Сиз оларға қапа болмай исиңизди даўам ете бериң, итибар бермең, мийўалы дараққа тас атылады, мийўесин урып түсириў ушын, ал мийўасы жоқ дараққа тас атылама"- деп күлди.
Жаратылысым солай шығар адамлардан ҳазар көрсемде еле сол саўап ислеримнен тоқтағаным жоқ.
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Нет комментариев