Бермейин десем де қанша пайымды,
Әстен билдирместен алып айымды,
Сырқыратып мениң сүйек- сайымды,
Ғоддаслап қолымнан тутып барасаң.
Ғалма- ғалларыңды кем- кем дөндирип,
Үмит отын жағып…гәҳи сөндирип,
Не де болса изимиңе көндирип,
Ўақыт мени ҳәр дем утып барасаң.
Сәл қыра тартқызып нурын көзимниң,
Қырмызы бояўын урлап жүзимниң,
Қуўырып майыма мени өзимниң,
Араның ашылып жутып барасаң.
Өмир жасларымнан жыл сайын үгип,
Жаңылмай есаптан бармағың бүгип,
Маған сонша қасты- ғәрезиң тигип,
Демиңе суўырып тартып барасаң.
Тәшўишиң қашырып өмирдиң мәнин,
Ийип қәдди бойым кетирип сәним,
Еркиме бағынбай аўырлап тәним,
Мойныма аўыр жүк артып барасаң.
Мәрди- майданларда табан тиресип,
Абыройды қолдан бермей гүресип,
Турсамда қазықтай қатып сиресип,
Ўақыт мени жеңип шалқып барасаң.
Ақшолпан Аманияз 29.05.2024 жыл
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Комментарии 6