❗️Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары көбейтиледи
«Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдарын көбейтиў ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
🔰Пәрман тийкарында:
🔸2023-жыл 1-апрельден пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары 7 процентке көбейтиледи.
🔸2023-жыл 1-апрельден Өзбекстан аймағында:
▫️пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 347 000 сум;
▫️жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары – айына 677 000 сум;
▫️майыплық пенсиялары, соның ишинде, мийнет стажы толық болмаған майыплық пенсиясының ең кем муғдары – айына 747 000 сум;
▫️ мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған адамларға берилетуғын напақа муғдары – айына 747 000 сум;
▫️ 1941-1945-жыллардағы урыс ақыбетинде майып болған адамлар ҳәм оның қатнасыўшылары, сондай-ақ, фашистлер концлагерьлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген адамлардың ең кем пенсия муғдары үстемелерди есапқа алған ҳалда – айына 3 296 000 сум;
▫️ белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан (677 000 сумнан) 747 000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсияларының муғдары – айына 747 000 сум;
▫️ зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум;
▫️ мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – айына 535 000 сум;
▫️ басқалардың күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың тәрбиясы менен бәнт болған баланың ҳуқықый ўәкилине берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум;
▫️ бағыўшысын жойытқанлық напақасын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа муғддары – айына 535 000 сум етип белгиленеди ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын – 198 000 сум қосылады;
▫️ бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең кем муғдары – айына 535 000 сум етип белгиленеди ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленеди.
🔸Сондай-ақ, 2023-жыл 1-майдан баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы муғдары 7 процентке көбейтиледи.
🔸 2023-жыл 1-майдан баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:
▫️ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 980 000 сум;
▫️ базалық есаплаў муғдары – айына 330 000 сум етип белгиленеди.
Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев