🎓Хабарыңыз бар, Президент пәрманы ( https://lex.uz/docs/5899498 ) ҳәм ҳүкимет қарары ( https://lex.uz/docs/6156799 ) тийкарында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаял-қызлардың контракт төлемлери қайтарыў шәртисиз қаплап берилиўи белгиленген.
✅«Бул тәртип, сондай-ақ, магистратураға қысқы қабыллаўда төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген ҳаял-қызларға да бирдей әмел етеди», - деп хабар берди Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги.
📝Сонлықтан, магистратураға усыныс етилгенлер усы жеңилликтен пайдаланыў мақсетинде жоқары оқыў орынлары басшыларына арза менен мүрәжат етиўи соралады.
❗️Мағлыўмат орнында, бул тәртип белгиленген мүддетке шекем арза бермегенлерге, еселенген төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилгенлерге ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларының магистратурасы ушын енгизилмейди.
Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев