Шыққан қыз шийден тысқары…»?
– Сәлем бердик, Кемпир апа.
Мен Хожели районында тураман. Еки балам бар; кишкенеси еле емизиўли. Үйимиз базарға жақын жерде жайласқан. Атам ертеректе қайтыс болған. Күйеўимниң еки әжапасы, бир иниси ҳәм бир қарындасы бар. Ҳәзир үйде апам, күйеўим, қәйним ҳәм бийкешим бирге жасаймыз.
Сизден кеңес сорап, хат жазыўымның себеби – қатты қыйналып кеттим, не ислеримди билмей атырман. Еки қәйинбийке әжапам да турмысқа шыққан, үйли-жайлы, барлығы да усы районда жасайды. Бир жездемиз Россияға барады, екиншиси үйинде жатырыпты. Россияда жумыс ислейтуғын жездемиз үйине бир тыйын пул жибермейди. Еки қәйинбийке әжапам биргеликте базарда саўда ислейди. Биреўиниң – еки, биреўиниң үш баласы бар. Ҳәр күни таң атқаннан балаларын үйимизге таслап кетеди, мектепке баратуғынлары мектептен кейин үйге келеди. Өз-лериниң де, балаларының да ас-аўқаты үйден. Түсликте де базардан аўқатланбай, екеўи гезекпе-гезек үйимизге келип түсленип кетеди. Таң атқаннан күн батқанға шекем солардың аўкатын писирип, қазан-табағын жуўып, үй сыпырыў менен жүремен. Күйеўим жумыста. Үйде тек ғана күйеўимниң табысына күн көремиз. Апамның пенсиясы той-садақадан аўыспайды. Балаларымызға кийим алайын десек, әжапалардың балаларына да қосып алыў керек. Арттырып ҳеш нәрсе жыйнай алмаймыз, барлығы тамаққа кетип атыр. Мен жумыс ислейин десем, апам руқсат бермейди. Ырасын айтсам, үйден шығыўға да ўақтым жоқ. Еки күннен бир нан жаўаман. Үйде ишип-жегени аздай, азанғы чайы ушын кеште еки шөректен қойынларына тығып кетеди. Бул да ҳеш гәп, қәйинбийкелерим, кеште барып күйеўлери ушын аўқат асыў жақпай, аўысқан аўқатты да үйден алып кетеди. Күйеўиме усыларды айтып арыз етсем, «әжапаларымның кеўилине келеди» дейди.
Апама бир мәрте усыларды гәптиң арасында “қыстырып” өтип едим, «Бөлек қазан асып отырғаның жоқ. Олар мени көриўге келеди, мен өлгеннен кейин аяғын изеп те баспайды» деп тоңқылдап таслады. Бәрқулла айтатуғыны: «Мен күйеў балаға жалшымағанман, ана екеўи де қызларымның маңлайының соры, шаңарақларын бийшаралар өзлери бағып отыр». Әжапаларым да жөнине кетпей, апама «Қашан қарасаң, үйиңиз жайрап жатады. Мына келиниң не питкереди өзи?» деп гиж-гижлеп кетеди. Үйим қаяқтан таза турсын, азанлы-кеш сонша бала кирип-шыққаннан кейин?!
Қәйнимиз еле кишкенелеў. Ол да ертең үлкейип, үйленеди. Сонда биз жай алып, бөлек шығыўымыз керек болады. Бирақ, бизлердиң ақша жыйнап, жай салатуғын түримиз жоқ. Не ислесем екен? Өтиниш, маған мәсләҳәт бериң, оғыры қыйналып кеттим. Бул жағдайдың ақыры бар ма өзи?
Перийзада, Хожели районы
– Сәлем Перийзада қызым. Дым өкинишли…, шаңарағыңда күйеўиңниң ҳәлсизлиги, ҳаял туқымының басымлығы аттан анық болып турыпты. Енең болса, өзиниң аяўшылық сезими ҳәм билимсизлиги менен қызларының бузылып атырғанына жол қойып отырғанын билер ме екен…? Жасүлкен деп сизлер қулақ саласыз, лекин оның «төрелиги» арқасында ҳәзир үш шаңарақтың берекети қашып атырыпты, яғный сизлердиң ҳәм еки қызының. Ол еки қызының шаңарағының тамырына балта урып атыр, қызлары бийәдеплик жолында, күйеў баллары ерлик қәсийетлерин жойытқан. Усылай даўам ете берсе, сизлердиң сабыр кесеңиз бир күни толып, үлкен даў болыў итималы бар.
Адам өзиниң жеке пикири менен жасамағаны мақул, яғный ҳәр бир исте биз тийкарланатуғын ҳәм ата-бабаларымыздан киятырған бир қағыйда болыўы лазым. Мысал келтирейин. Биз жасап атырған жәмийетте оның барлық қырраларын қамтыйтуғын, улыўма қабыл етилген қағыйдалар бар. Егерде жәмийет ағзалары оған әмел етсе – Әлем гүлистан. Егерде өз билдигинше, өз пикиринше жасай басласа, улыўма жәмийетлик қағыйдаларды есапқа алмаса – онда олар жазаға тартыла-ды. Тап сондай, өмирде де Тәбият Нызамларын инабатқа алмасақ – бахытсызлыққа дуўшакер боламыз. Көпшилигимизге таныс ҳәм ҳәзирше бизге жақын Тәбият Нызамлары – бул, ата-бабаларымыздың нақыл-мақаллары.
Хош, қызлар туўралы ата-бабаларымыз не дейди?
«Қыз – қонақ», «Қызға қырқ жерден тыйым», «Шыққан қыз шийден тысқары…», «Қумға сийген билинбес, Қызға берген көринбес» ҳәм т.б.
Бизлердиң аналарымызды қуртатуғын нәрсе – олардың аяўшылық сезими ҳәм билимсизлиги. Ана қызларын узатып болып, оларды тезирек умытпаса, оларға жәрдем бериўди ойлай берсе, шаңарағына араласа берсе – онда қызларының шаңарағы пыт-шыт болады. Сырттан қарағанда бәри дурыстай, бирақ, хатта көрсетилгениндей – турмысқа шықкан қызлары еле ата-анасының мойнында отыра береди, күйеў баллар ҳәлсизлигинше қалады ҳәм т.б.
Перийзада қызым, сен мына жазып атырғанымды күйеўиңе оқыт…
“Балам, үйиңде сеннен үлкен еркек жоқ қусайды. Ертеден ата-бабаларымыз егерде патша бул дүньядан көз жумса, жасы неше болғанына қарамастан, оның ең үлкен ер баласын патша етип сайлаған. Себеби, тек ер адам керек пайытта сезим-туйғыларға берилмей, ақылын жыйнап дурыс шешим қабыл ете алады. Усыны умытпа. Ер адам – өз шаңарағының президенти. Оның шешимлерине ҳәмме, ҳәттеки, жасы үлкен анасы да бойсыныўы лазым. Бул – мениң пикирим емес, ескиден киятырған қағыйда. Аналарымызға бул пикир унамас, бирақ ашшы ҳақыйқатлық усындай.
Шаңарақтың ишки ҳәм сыртқы мәселелеринде бәрқулла еркектиң хабардар болыўы ҳәм оның қайылшылығы менен әмелге асқаны дурыс. Сонлықтан, саған айтарым – үйиңе хожайинлик ет. Ҳәзир сениң шаңарақ ағзаларың – анаң, иниң ҳәм қарындасың, ҳәм өзиңниң бала-шағаң. Басқа шаңарақлы әжапаларыңды және үш бақ (қонақ сыпатынды) ҳәм кейин жыллы сөйлеп, өз шаңарақларына қайтар. Олардың шаңарақлары бөлек. Анасын көриўге айына бир келип турса да болады яки телефоннан қоңыраў етип турсын. Өзлериниң үйи, күйеўлери бола тура, сениң үйиңе бас салып, келе бериўи – бул олардың жеке мәпти ойлаўы ҳәм сен буған жол қойма. Әжапаларың «Бул – бизлердиң үйимиз» дегенине қулақ салма. Олардың үйи – турмысқа шыққан күйеўиниң үйи. Сениң үйиңде, яғный төркининде, енди олар – қонақ.
Хожалығыңның басы сыпатында саған айтаман – сеннен кем емес күш-қуўатқа ийе, еки көзли, бир аўызлы күйеўлери бар әжапаларыңды үйиңде қанша баққан сайын, сен сол күйеў балларды, олардың шаңарақ ағзаларын сонша жаман жолға тартып атырған боласаң. Унамлы гәплер менен оларға усыларды түсиндир. Егерде олар «Бизлер саған келип атырған жоқбыз, анамызды көриўге келемиз, оны сағынамыз» десе, онда олар анаңды үйлерине ҳәптелеп мийман етип бақсын яки тек байрамларда ғана саўғалары менен келип турсын.
Сен усыны үйиңде мәселе етип көтергениңде анаң ҳәм әжапаларың көпшилик болып, саған қарсы болады. Сонда сен әззилик етпе. Дурысы усы. Арасында өспирим қыз бала дослары менен түнде отырыспақта болыўды қәлеп турғанда, оны аяп, анасы қайылшылығын береди, бирақ әке бул истиң унамсыз аяқланыўы мүмкинлигин түсинип, олардың екеўине де қарсы тура алыўы лазым. Сениң ҳалың да тап усындай: егерде анаң ҳәм әжапаларың сени жеңсе – бул сениң ҳәлсизлигиңди аңлатады”.
Басқа шығып болып ата-анасының үйине түрли нәрселерди үмит етип, қайрыла беретуғын ямаса басқа себеплер менен төркинине келип отырған ҳаялларға: ата-анаң сизлерди улғайтты, имканы барынша ҳеш кимнен кем етпей камалға келтирди. Ендиги жағында өзиңниң турмысыңды өзиң шөлкемлестириўге умтыл. Өзлери сорамаса, қартайған шағында ата-анаңыздың қулағын тыныш қойың, перзентлериңиз бенен байланыслы шығынларды да олардың мойнына шөктире бермең. Тек қара басларыңның ғамын ойламаңлар. Ақлықларының оқыў контрактларын ҳәм басқа шығынларын төлеймен деп, алақанын жайып, бели майысқанша жумыстан қалмай жүрген жасүлкенлеримизди көрип ашынаман. Жоқарыдағы Перийзада хатында көрсеткендей, жағдай орын алып атырған шаңарақлар баршылық. Сондай қә-йинбийкелер өзлериниң шаңарақларын беккемлей алмай, күйеўлерин жөнлеўди билмей, және ата-енесиниң үйине келип, олардың өзлерин ҳәм перзентлерин бағып отырған инисиниң ҳаялын жаманлағанын айтпайсаң ба? Ҳаў әжапалар! Туўысқан болса да, ағаларыңыз яки инилериңиз сизлерди бағыў ушын жүргени жоқ, сизлерди күйеўлериң бақсын!
Сизлердей «адамларға» Қудай ийман-инсап бериўин тилеп қаламан…
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Комментарии 2