(1730-1784)
Жийен жыраўдын өмири ҳәм дөретиўшилиги қарақалпақ халқының XVIII әсирдеги турмысы менен тығыз байланыслы. Сонлыктан Жийен жыраў XVIII әсир қаракалпак халқының турмысы, тарийхый тәғдири туўралы көплеген толгаяларды мийрас етип қалдырған. Булардан "Ылағым", "Бер түйемди", "Хош болың дослар" сыяқлы киши толғаўларында жарлышылық, жетпеслик жағдай, адамларға зорлық, қысым жасаў сыяқлы социаллық теңсизлик, адалатсызлык аўҳаллары ашыктан-ашық әшкараланады. Сондай-ақ "Айырша", "Айтпасам болмас", "Алды-артым бийик жар", "Хан Касында төрелер" киши толғаўларында да заман қысыўметин, халықтын басына түскен аўырманлықты жырлайды. Улыўма Жийен жыраў өз толғаўларында халыктын муң-шерин, аўыр социаллык жағдайын онын жан ашыр бир перзенти ретинде бәлент ҳаўаз бенен жырлайды.
Деген менен оның тийкарғы шығармалары-қ классикалық поэзиясының үлкен ҳам баҳалы естеликлеринен есапланатуғын "Посқан ел" ҳәм "Уллы таў" толғаўлары. Жийен жыраўдың бул шығармаларынын тийкарында тарийхый ўақыялар жатады.
"Посқан ел" толғаўы қарақалпак халқының Түркистаннан Хорезмге көшиў ўақысын саўлелендиреди. XVIII әсирдеги бул қарақалпақ жыры жаўгершилик, бүлгиншилик себепли жүз берген тарийхый жағдайларды эпикалық усыл менен сүўретлейди. Бунда ўақыя ҳәм персонажлар объектив(сырттан) сүўретленеди. Усы тәреплери менен "Посқан ел" толғаўы XVI әсир қарақалпак әдебиятындағы "Ормамбет бий" толғаўына уқсап кетеди.Тап усындай тарийхый ўақыялар, мысалы XIX әсирдиң орталарында қарақалапқлар тарийхында болып өткен Бозатаў ўақыясы Әжинияздың "Бозатаў" қосығында бериледи. Әжинияздын бул шығармасында қорғаўсыз қалған қарақалпақ аяылларына түркмен баспашыларының шабылыўы, елдин посып бүлгиншиликке ушыраўы лирикалық усын менен берилсе, Жийен жыраў толғаўларында XVIII әсир тарийхый ўақыялары эпикалық усыл менен бериелди. Демек, "Посқан ел" толғаўы қаракалпак сөз өнеринде белгили тарийхый жырлардын бири.
Толғаў деп аталатугын жырлардын гейпаралары әдеўир көлемли болып, кишигирим дәстанларға кейип береди. Мысалы, Жийен жыраўдың "Уллы таў", "Посқан ел" шығармалары толғаў деп аталады. Оларда оз басланыўына, раўажланыўына, жуўмақланыўына ийе эпикалық сюжет бар, сондай-ақ эпикалык персонажлар ҳәрекет етеди. Соның менен бирге бул шығармаларда жыраўдың "мен"и арқалы лирикалық шегинислер де бериледи. Мысалы, "Посқан ел" шығармасындағы бир үзиндиге сер салайық:
Ал жигитлер , мен сорлы,
Посқан елдиң ишинде,
Қобызымды қолға алып,
Қайғылы нама шаламан.
Неге қапа болмайын,
Қобызымды не ушын ,
Қайғылы етип шалмайын,
Мына өлген жас жанлар,
Мына өлген аналар,
Анаў өлген аталар,
Көзлерин ғарғ ашоқыйды,
Таппаған соң паналар.
Бул жыраўдың ишки толғанысларын, кеўил күйин беретуғын лирикалық шегинис. Демек, бундай толғаўларда эпикалық қәсийетлер араласып келеди. Усы себептен болса керек, бир қатар әдебиятшыларымыз (А.Каримов, С.Ахметов, К.Мәмбетов) Жийен жыраўдын "Уллы таў", "Посқан ел" толғаўларын ҳәзирги заман термини менен поэма деп атайды ҳәм эпикалық шығарма ретинде таллайды.
Қарақалпақ халқының тарийхындағы күтә аўыр кешкен ўақыялардың бири-олардын Түркистаннан Хорезмге көшиўи болды. Бүлгиншилик үстине "жол азабы гөр азабы" на тең болып халық қатты қыйыншылық көрди. Жийен жыраў посып көшкен халықтың ишинде болып, бүлгиншилик ҳәм жолдың азабын халық пенен бирге басынан кеширген. Шығарманың тийкарғы қаҳарманы-Жийен жыраў өз ўақтынын алдынғы қатардағ ыой-пикирли адамы болғанлықтан, сол дәўирдиң ең әҳмийетли тарийхый ҳәм социаллық мәселелерин жырлаған демократ шайыр. Оның "Посқан ел" толғаўы жаўгершиликтиң салдарынан ата-мәканын таслап көшкен қарақалапқ халқының Түркистаннан Хорезмге көшип келип жайғасыўы менен тамамланады. Шайыр ашшы ҳәм тарийхый ҳә турмыс шынлыгын бурмаламастан, реал сүўретлеп береди. Сонлықтан "Посқан ел" толғаўы XVIII әсир қарақалпақ әдебиятының жарқын естеликлериниң бири болыўы менен қатар қарақалпақ халқы тарийхын толықтыратуғын баҳалы тарийхый дәрек болып табылады. Жийенниң өзи де толғаўдың бир персонажы ретинде сюжеттиң бастан ақырына шекем қатнасып барады. Посыў салдарынан ол көрген аўыр азаплар, гүнасыз өлген жас жанлар, ғарры ата-аналар шайырдың қабырғасын қайыстырып, жүрек-баўырын езип жибереди, қатты қыйналдырады.
Ата журты Түркстан,
Өмирлик жайлаў болмады,
Күни-түни жыйналып,
Он еки айда тапқаны,
Қыс азыққа жетпеди,
Тамтар болды суўлары,
Ексе егин питпеди,
Жаўгершилик көп болды,
Сансыз адам қырылып,
Ғарға жеген өликке,
Жылғ асайлар топ болды,
Бийгүна гелле кесилди,
Ақ денели арыўдың,
Бурымлары есилди,
Сағыйраның қанлары,
Суў орнына төгилди,
Жол жүриўге жарамай,
Жасы қайтқан ғаррылар,
Бүгилген бели аналар,
Жолда қалды көмиўсиз,
Көшкен көшке ере алмай,
Далада қалды көмиўсиз,
Қызыл қумды аса алмай.
Бунда шайыр сол халық басына түскен аўыр күнлерди муңлы-шерли толғаныслар арқалы ашып береди. Бунда жыраў-шайырдын эпикалық таланты менен бирге лиризмди қолланыя шеберлиги де көринеди. "Посқан ел" шығармасының баслы персонажларынан бири- қыз Минайым образы сүўретленеди. Панасыз қалған жас өспирим қыз Минайым посқан елдин көшине гә илесип , гә қалып жәрдемге, қәўендерликке мүтәж болады. Жийен бул жетим қыздын тәғдирине араласып, онын ушын көп азап көреди, аўыр жағдайларға дуўшар болады. Соған қарамастан шайыр қараўсыз жетим қызғ ақолдан келген жәрдемин берип отырады. Жийен жолда Минайым менен асқар қумларды асып, көшин түсирип отырған бир байдын үстинен шығады. Аш адамлар өзлериниң қыйын аўҳалларын билдирип, байдан нан сораса, ол буларға адамгершилик етип жәрдем бериўдиң орнына аўыр азап береди:
Быды-быдым бет аўзы,
Бир баласы бар екен,
Отыр екен төринде,
Тамақ ишип тамсанып…
Қасымдағы жетимге
Қарады да жутынды,
Маған айтт ыжекирип,
Тойғаннан соң тамаққа,
Қайта-қайта кекирип,
Маған бер мына қызыңды,
Ҳаяллыққа аламан,
Жаман болса негизи,
Қой кейнине саламан.
Солай етип есерсоқ бай баласы жас өспирим қызды тартып алады, оны қорғамақшы болып қарсылық билдирген Жийенди таяклап жығады.
Шығармадағы жетим қыз Минайымның басына түскен аўыр саўда эпизодышайыр сүўретлеген сюжетти, образларды ҳәр тәреплеме ашып береди.
Жийен жыраўдың толғаўлары қарақалпак халқ ыөтмишиниң гүўасы. "Уллы таў" толғаўындаг ытийкарғ ысюжетте ел бийлериниң ала аўызлығы нәтийжесинде халық қорлыклы аўҳалғы түседи, ел бүлинип берекети қашады, бийлердиң бир-биринен өш алыў ушын болған өз ара жәнжеллери тамам болмайды. Елдеги бундай аўыр сиясий ҳәм социаллық жағдайларды Жийен жыраў тыныш турмыс кешириўди қәлейтуғын пухара халықтың тәрепдары болып жырлайды.
Алды-артым бийик жар екен,
ңпейли тар екен,
Байлар менен бийлердиң,
Еткен қысыўметинен,
Жаз күнлерим қар екен.
Нан табалмай адамзат,
Қапылған қара заманда,
Ийттен бетер хор екен.
Теңлик жетпей басына,
Иши дәртке толы екен.
Қайда барсан ашық жоқ,
Қурыўлы турған тор екен.
Жетим-жесир шуўлаган,
Бир тислем нанға зар екен.
"Уллы таў" толғаўы шай ырдың "Посқан ел" толғаўынын идеялық даўамы сыпатында болып, онда ханлардың, бай ҳәм бийлердиң халыққа жасаған қысымы, оны жөнсиз тонаўы, тәбият қыйыншылықлары себепли елдиң бүлинип посқаны тәрипленген. Улыўма алғанда "Уллы таў " шығармасы қарақалпақ халқы тарийхының оғада аўыр күнлериниң гүўасы болып табылады.
Шайырдын "Посқан ел" , "Уллы таў" толғаўлары қларды ата журты Түркстаннан Сырдәрьяның аяғы, Қуўандәрья, Жаңадәрья бойларынан көтерип, бул жерлерден посып Хорезмге, яғный ҳәзирги жасап атырған жерлерине келгеннен кейинги бир әсирлик дәўирдиң көркем сәўлеси болып табылады. Бул шығармаларында ол ҳәр қандай қыйыншылыққа, бүлгиншиликке, посқыншылық, жаўызлық, ҳәм теңсизликке ушыраған елдиң муң-шерин, арзыў-әрманларын ортақласады. Оның барлық шығармаларында патриотлық, гуманистлик идеялар сәўлеленген. Жийен жыраўдың "Посқан ел" ҳәм "Уллы таў" толғаўлары қарақалпақ халқының тарийхын, тәғдирин, онын өз бетинше халық болып ҳәм басқа халықлар менен тең болып жасаў мәселелерин ортаға таслаўы жағынан да әҳмийетли.
Солай етип XVIII әсирдиң орталары ҳәм екинши ярымында жасаған Жийен жыраўдың дөретиўшилиги XIV әсирден басланатуғын қарақалпақ жыраў-шайырлары болған Соппаслы Сыпыра жыраў, Асан Қайғы жыраў, Доспанбет жыраў, Мүйтен жыраўлардың поэзиясын ҳәм көркемлик жақтан ҳәм тарийхый жақтан жуўмаклайды. Жийен жыраўдың дөретиўшилиги XVIII әсирдиң екинши ярымындағы қарақалпақлардың жәмийетлик турмысын, олардың Сырдәрья бойларынан бурынғы тарийхый Ўатаны Хорезм алапларына көшип қонысланыўы сыяқлы үлкен тарийхый ўақыяны сүўретлейди. Сондай-ақ Жийен жыраў уллы талант ҳәм алдыңғы ой-пикир ийеси болғанлықтан өзинен бурынғы жыраў-шайырлардың поэзиясын ең бәлент шоққыға көтерди, оны жаңа поэтикалық формаларда дөретилген XIX әсир қарақалпақ поэзиясына тарийхый, идеялық, көркемлик жақлардан ушластырды. XIX әсирде жасаған қарақалпақ шайырлары Күнхожа, Әжинияз, Бердақ, Өтеш ҳ.б. XIV-XVIII әсирлердеги жыраў-шайырларға қарағанда басқаша тарийхый ҳәм әдебий шараятларда жасады ҳәм дөретиўшилик етти. Сонлықтан олардың дөретиўшилигин өзлери жасаған дәўирдиң талапларына ылайық өз алдына үйренемиз.
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Комментарии 2