***
Перзентим деп, шарқ урады аналар,
Себеби бала, баўыр еттен жаралар,
Сениң ушын, жанын бериўге таяр,
Арасында, бир жоқлап қой, анаңды!
Дилгир болып, еки көзи жолыңда,
Ишкен асы батпас, сениң жоғыңда,
Телефонның, ағласы бар қолыңда,
Арасында, бир жоқлап қой, анаңды!
Күни-түни, жумыстаман, тынбастан,
Сылтаў етип, мың бәхәне таўмастан,
Тирисинде, соң өкинип, қалмастан,
Арасында, бир жоқлап қой, анаңды!
Таўсылама, турмыс ғалма-ғалларың,
Сорап турың, анаңыздың халларын,
Сизге айтар, пәндиў- нәсиятларым.
Арасында, бир жоқлап қой, анаңды!
Бәримизде қам сүт емген бендемиз,
Анамызды жоқламаймыз күнде биз,
Дуўа алып, көгерейин десеңиз,
Арасында, бир жоқлап қой, анаңды!
Муштақ емес, сениң дунья малыңа,
Хабардар бол, ғәрийп анаң халына.
Саўап болсын десең, магар жаныңа,
Арасында, бир жоқлап қой, анаңды!
Анаң - каабаң, дейди таўап етсеңиз,
Қолда бардың, қәдирине жетсеңиз,
Балларымнан егер қайтсын десеңиз.
Арасында, бир жоқлап қой, анаңды!
Акшолпан Аманияз 31.10.2017 жыл
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Комментарии 65
Енди, сиз конкрет "еле де излениң"ди неге тийкарланып айтыңыз. Бир еки "мысалы" болса жақсы болар еди.
Жазғаныңызды мен де, өзиңиз сира билесиз.
Биймалел жууап жаза бериң.