Усы жылдың 20-23-январь күнлери аралығында «Судочье-Ақбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасына Бухара ўәлаятынан 31 бас түркмен қуланы алып келинди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баспасөз хызмети хабар берди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 11-июньдағы тийисли бийлиги тийкарында Бухара қәнигелестирилген «Жайран» питомнигинен 175 бас түркмен қуланын «Судочье-Ақбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасына көшириў ҳәм усы сийрек гезлесетуғын ҳайўанат дүньясын тарийхый ареаллары болған аймақларда көбейтиў белгиленген еди.
Бул бағдардағы жумыслар басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырған болып, 2022-жылдың 26-декабрь күни де 18 бас түркмен қуланы усы қорықхана аймағына алып келинген еди.
Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев