Транспорт министрлиги «D» категориясындағы транспорт басқарыўшыларының резервин қәлиплестирмекте
Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасы тийкарында Қарақалпақстан Республикасында жолаўшы тасыў хызметиниң сапасын жақсылаў мақсетинде республикамызға 150 ден аслам автобус ажыратылыўы күтилмекте. Бул ҳаққында Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, усы автобусларды транспорт басқарыўшылары менен тәмийинлеў мақсетинде «D» категориясындағы транспорт басқарыў гүўалығына ийе болған басқарыўшылардың резерви шөлкемлестирилмекте.
«Сол себепли төмендеги үлги тийкарында мағлыўматларды Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң @kr_mintrans_bot каналына тапсырыўыңыз мүмкин.
1. Фамилиясы, аты, әкесиниң аты
2. Транспорт басқарыў гүўалығы берилген сәне
3. Транспорт басқарыў гүўалығының әмел етиў мүддети
4. Транспорт басқарыў гүўалығының рухсат етилген категориясы
5. «D» категориясында транспорт басқарыў менен ислеген жумыс мүддети
6. Телефон номери», - деп жазылған министрлик хабарында.
Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев