Республикамызда барлық автомобильлерге газ толтырыў компрессор станциялары (метан заправкалары)на газ жеткерип берилиўи ўақытша тоқтатылғанлығын есапқа алып, жәмийетлик транспортлардың (жөнелисли маршрутлар) жанармайға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде "Тақыятас нефть базасы" ЖШЖ тәрепинен Нөкис қаласында еки орында:
1) Хожели гүзары (бағдар: Гөне қала "Идеал газ" метан заправка) ҳәм
2) Беруний көшесиндеги (бағдар: "Караван сарай" ресторанының арты) автомобильлерге жанармай қуйыў шақапшаларынан жәмийетлик транспортлар (жөнелисли маршрутлар) ушын қосымша АИ-80 маркалы автобензин колонкасы шөлкемлестирилгенлиги мәлим етилди.
Еслетип өтемиз, Жоқарғы Кеңес Президиумының арнаўлы шешими тийкарында жәмийетлик транспортта хызмет көрсетиўши кәрханаларға газ орнына АИ-80 маркалы бензин қолланылғаны ушын компенсация бериледи.
Бунда лицензияға ийе болған Дамас маркалы автомобильлер ушын күнине 40 000 сум муғдарында ҳәм көп сыйымлылыққа ийе микроавтобуслар (Газель, ЈАС, Shineray ҳәм басқалар) ушын 128 000 сумға шекем компенсация муғдары белгиленди.
Компенсация төлеў тәртиби төмендегише:
- тендер линия ийелери тәрепинен бензин чеклери ҳәм сол чекте лицензияланған автомобильдиң мәмлекетлик белгиси көрсетилген мағлыўматнама Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигине тапсырылыўы шәрт.
Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев