Өтинишим хеш уақ мени жылатпа
Маған несип емес шығар тәғдириң
Мумкин солай салып қойған сынаққа
Мейли жаным болсаң аман жетерли
Сағынып излесең ғамым кетеди
Шегинбеймен сени суйип жасаудан
Болсадағы куни келип қатерли
Хаққымыз жоқ шығар бәлким буғанда
Ауыр маған, саған, ауыр оғанда
Түсиниспей қызғаныштан тосаттан
Кеширип бил урыс қағыс боғанда
Бахытым сен иш ишимнен айтайын
Тил астында бир өмир ақ сақлайын
Буйрыққа бойсынбас мына жүректи
Айыбы бар билип қалай ақлайын
Сениң мухаббатың маған жан берер
Тыныш табар көзде жасымда кебер
Қойғанын қараса бизди мөлертип
Тәғдир азаплауға не деген шебер
Кешигип келгени уакыт айыбы
Кезинде болмаған дийдар қайымы
Сүрниккенде шала берген өмирим
Мениң төккен көз жасыма байыды
Не илаж көнейин шара болмаса
Кеуил ярым тегинликте толмаса
Шукирлик етемен жұрегиңдемен
Умит гүлим шыдам берер солмаса
2019 жыл 19 август
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев