ЖУМАМУРАТОВ..."
ЖАЗЫЎШЫ МЕНЕН АЛТЫН БАЛЫҚ
юмор
Бир жазыўшы аў салыпты,
Өт қақпай, жүдә жалықты.
Енди қайтсам деп турғанда,
Тутты ол алтын балықты.
Мәгар Пушкин жазған балық,
Услағанда өлип-талып.
Адам яңлы сөйлеседи,
Шоршынды бул ҳайран қалып.
Балық айтты: - Мен зор байман,
Кем демеңиз Хатамтайдан.
Бир жақсылық етип қара,
Сен мәрт болсаң умытпайман.
Пәслеў болса үйиң - жайың,
Өзим қайта салдыртайын.
Саўға ушын берейин мен,
«Волга» менен жанармайын.
Жетпес тапқан өз табысың,
Маған төлетип ҳақысын,-
Тез арадан гараж қурып,
Темирден соқтырт қапысын.
Участкаңды бағ етейин,
Қунымды солай өтейин.
Мени жеп мүйизиң шықпас,
Жибер аға тез кетейин!-
Деп жалынды алтын балық…
Мушын түйип қолға алып.
Балыққа алып-топылды,
Басына зор зәўлим салып.
Жақпай қалып айтқанлары,
Жазыўшының келди ары:
-Әй, заңғар сен не деп турсаң?!-
Өзимде бар соның бәри!-
Дәсте-дәсте ақша-пулым,
Жарытпайды берген қуның.
Бир тийинсиз жиберемен,
Кем санама, уят буның!-
Деп дәпинип қарап турды,
Былғап суўға ылақтырды.
Үйге келип жуптысына,
Баян етти шолақ сырды.
Бийке буған ҳайран қалды,
Урыса-урыса жағы талды.
Ақырында, жалынды да,
Жүректегин айта салды:
-Шүкир, бәржәй ҳәмме нәрсең,-
Қәте айтсам, кеширерсең.
Бир кемисиң - жалғыз талант,
Соны сора енди көрсең!-
Деди нықлап өз хаялы,
Дурыс гәп ғой баз баяғы.
Ҳәр күн теңиз жағалап жүр,
Талант табыў бар қыялы.
Алтын балық узап кеткен,
Оны да бул өкпелеткен.
Бул бийшара ҳарып-талып,
Шығар емес теңиз беттен.
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев