МӘСПӘМБЕТТИҢ ТҮСИ
Жыйналыс кетти ашылып,
Мәспәмбет отыр ортада,
Көтерилип, басылып.
Басланыўдан жыйналыс,
Питиўине асығып.
Көпшиликтиң көзинше,
Сақланбақшы өзинше,
Пиянлығын жасырып.
Арқаланған адамдай,
Орынлыққа асылып.
Сақланған менен болмады,
Денесин бийлей алмады.
Урты кетти бултыйып,
Еки көзи қылтыйып.
Ерни кетти бозарып,
Бет-ажары өзгерген,
Помидордай қызарып.
Симирип ғана қаныпты,
Есинен әбден таныпты.
Шалқая берип бүгилди,
Адамлар оған тигилди.
Қурылдап атыр байқасақ,
Оянбайды шайқасақ.
Қурылдап жатып түс көрди,
Бир тамаша ис көрди:
−Теңизге жылым салыпты,
Тонналап балық алыпты.
Толмай жүрген планы,
Тап сол ўақта толыпты
Толып ғана қоймастан,
Мың процент болыпты.
Оннан да асып барады,
Кем-кемнен тасып барады.
Бир жағына жылымның,
Шийшелер түсип барады.
Шампанское, шарапқа,
Арақ пенен коньякқа,
Қумарланып қарады.
Тамсанып турып, жутынып,
Симирип ишип барады.
Тек ғана оның бир даўыс,
Нәшесин бузып барады.
Сонда да ишип тояды,
Көп запас жыйнап қояды.
Оянып кетсе, түси екен,
Мәспәмбетти шалқытқан,
Ақмамбеттиң күши екен
Теңиз болып көринген,
Үлкен клубтың иши екен.
Жылым деп тартып турғаны,
Оятып турған киси екен.
Шийше деп услап турғаны,
Стулының мушы екен.
Нәшесин бузған бир даўыс,
Докладшы қыз екен:
-Әдетин сирә қоймайды,
Арақ ишсе, тоймайды.
Бузылысқан турмыстан,
Шығарылсын жумыстан»,-
Деп журт сөзин пикерди,
Усынысын өткерди,
Мәспәмбет өзи түсинбей,
Қосыла қолын көтерди.
1954-жыл.
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев