Шернияздың дуўасы
(Халық аңызы)
Шопан жигит бар екен
Көрип жүрген Шерекең.
Келиншеги тентеклеў,
Қасарысқыш өр екен.
Айша менен Оразбай,
Ата душпан араздай.
Күнде қыйқыў үйинде,
Тәпинскен қораздай.
Көпке сыры билинди,
Гәпке, сөзге илинди.
Қайта-қайта араша,
Қоңсылары бүлинди.
Айша қатты зорықты,
Ишине дәрт толыпты,
Муңын айтып шағынып,
Шериниязға жолықты:
-Ерим мени урады,
Қулағымды бурады,
Күнде жәнжел, күнде даў,
Болады да турады.
Қарасам да айнаға,
Мени кем деп ойлама.
Дүзегендей еримди,
Бир дуўа бер, қайнаға!-
Деп жалынды жас келин,
Өр көкирек мәс келин.
Шерекең бирден сезип тур,
Келин кеўили өскенин.
«Билмесем де дуўаны,
Даўдан шатақ туўады.
Егер дуўа бермесем,
Ериң сени қуўады.
Болсаң да сен ерикли,
Миллет етпе көрикти»-
Соны жазып үш бүклеп,
Дуўа етип берипти.
-Айналайын келиним,
Ашыўы келсе ериңниң
Қағазды беккем тислеп тур,
Бүлк етпесин ериниң!-
Деп ақын оны сынапты,
Өткерипти сынақты.
Соннан баслап күйеўи,
Келиншегин унатты.
Ашшы тиллик - келинде,
Гәп жоқ екен еринде.
Жантаспапты ҳеш шаўқым,
Бүлк етпеген еринге.
Татыў турмыс қурыпты,
Палдан татлы турыпты.
Ақынның сол дуўасы,
Даў-жәнжелди қурытты.
Бир сөзден қалсаң «ҳаў!» деме,
Сәл нәрсени даў деме.
Өз үйиңниң адамын,
Питиспестей жаў деме!
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев