КЕҢ МӘКАНЛЫ ҚАРАҚАЛПАҚ АТ ҚАЛДЫ!...
ҚАРАҚАЛПАҚ АТ ҚАЛДЫ
Шайпатылып ғаўға менен урыстан,
Жалғыз қолы босамаған қылыштан,
Бир жағының жаўын тыйдым дегенде,
Тағы душпан ғаўлап келип урысқан.
Жаўға қанын берди, төрин бермеди,
Гелле кетпей қарсы жерин бермеди,
Ойлап турсам, ата-баба ғәриплер,
Өмир ушын не мүсийбет көрмеди!
Қан ақса да, көзден жасы ақпады,
Ел намысын қурбан менен ақлады.
Усыншама улан-байтақ үлкени,
Урпағына мийрасым деп сақлады.
Балық пенен қусы болды көлинде,
Гүнде менен кетпен турды жеринде.
Жасыл гия- малларының азығы,
Орақ турды қыстырылған белинде.
Ырыс берди суўы менен кесеги,
Бул − елеси өмиримниң кешеги.
«Қарақалпақ ел болыўдан қалды» деп,
Бийкарланды жаўдың айтқан өсеги.
Гейде жаманлады, гейде мақталды,
Гейде шарықлады, гейде тоқталды.
Ақырында, бир мың жылдан естелик,
Кең мәканлы қарақалпақ ат қалды.
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев