Самолеттан сол қазанға сырғанап түстиңиз бе,, сосын сизлерди соған салып қайнатты ма?
-Яқ қызым, бирақ, шайырлық йош қайнайды екен...
***
-Папа, папа, Алма деген атадан кө-өп алма әкелип бересиз-я?
-Аўа, қызым, кө-өп базарлық әкелемен. Алмаларға қарап қосык та жазып келемен.
Түсимде- төрт тәрепи әлўан түсли алмаларға толы, төбеси де алмалар менен бастырылған, еденинде де алмалар думалап атырған ҳәсем шертек – Алма-атаны көрдим! Сақалы қуўдай ақ, жүзи мийримли шал алмаларды әтирапына «қақ-шың», «қақ-шың» деп таратып атыр екен. Әкем аппақ булт үстинде, ҳаўада қалқыған алмаларды қыйланбастан қақшып алып, бултына таслап жиберип, арқайын жүзи-йп жүре береди. Алмалар жайылып, сыймай сыпқанаса да, ҳеш түсип кетпейди.
..Бәҳәр таңының жағымлы самалы есип, зәрре саңлақ таўып кирген қуяш нурлары көзиме түсип, форточка ыйығына қонған өпепектиң «куку-куку, куку-куку»легенин сезсем де, әжайып түсимди қыймай уйқылы-ояў жатырған мени қуўанышлы шаўқым сергеклендирди.. Папам келипти! Столдың үстинде тап жаңа ғана түсимде көргенимдей, күнге шағылысып думалап жатырған ал-қызыл алтын алмалар!.. Ҳәм папамның сүўретлери бар газета, журналлар!!!
Нагима Досмагамбетова
19:34
Сон маленькой девочки оказался вещим и пророческим. Седобородый аксакал Алма-ата,раздающий красные яблоки...И отец девочки наяву раздающий эти яблоки. Яблоки оказались символом таланта,плодами неутомимого и титанического труда поэта. И девочка-это сама Малика,а отец ее-великий поэт,наш земляк ,сын Арала -Т.Жумамуратов.
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев