БАЛА ТУЎРАЛЫ СӨЗ
Халық әпсанасы
-Әкем мени жек көреди дедиң бе?
Инанбаспан, әкем болды мениң де,
Адам түўе, ҳайўан да өз баласын,
Ҳеш ўақытта қыйған емес өлимге.
Көп қорлапсаң, өз анаңды қасында!
Ләтте пикир уялаған басыңда.
Душпан болса, жетпеген бе қуўаты,
Неге сени өлтирмеди жасыңда?!
Ата сыйлаў, ана сыйлаў - парызың.
Төле заңғар ақ сүт берген қарызын!
Нешше жыллар түн уйқысын төрт бөлди,
Ойлап қараң адамшылық ар ушын!
Солар- өмир берген жериң - аспаның,
Мийриминен шешек атты жас жаның.
Ҳәтте қанхор өз перзентин қыймаған,
Тыңла мынаў бурынғының дәстанын`
Искендер де залым патша болыпты,
Қойдай етип қырғын еткен халықты.
Бетине бир тик қараған адамның,
Айбат пенен жүреклерин жарыпты.
Қәтереши сораса да бермеген,
Қас тиккенин жексен еткен жер менен.
Оның ушын адам өмири ойыншық,
Қыйға қонған шыбын шелли көрмеген.
Мен билмедим қай заманғы Искендер,
Өрт шалғандай оның жолы түскен жер.
Ол өлтирсе журттың сырттан айтары-
«Бийшараға жаза қурық түскен» дер.
Әзирейил тайын оған «кел!» десе,
Пәрман менен ҳүкими де келтеше.
Талай гелле айырылады геўдеден,
Ийек қағып, бармағын бир силтесе,
«Қан шашыўға тояр емес еле де,
Бул патша да басқалардай өле ме?!»-
Деп журт сырттан ҳайран болып жүргенде,
Бир күн ол да шатылыпты бәлеге.
Қатар қойып асқа толы табақты,
Қумарланып асап еди тамақты.
Бир жағынан булақ етип ағызып,
Симиреди ыдыс толы шарапты.
Ишип-ишип тағы тезден қуяды.
Көкке шапшып отырғанда қыялы,-
Биздей болып тамағына қадалды.
Жиликтиң бир солақпандай қыяғы.
Шаншылды да, жаздырмады искеги,
«Қыҳ-қых»лады, қақырынды, түспеди,
Жутқыншақтан қылғындырып дем бермей,
Гүптей болды тамағының искени.
Еки көзден жас сорғалап, бақырды,
Ентигеди деминдей-ақ ақырғы.
Ўәзирлери албырақлап, асығып,
Шәҳәринде тәўип қоймай шақырды.
Сонша тәўип ҳеш бир иләж таппады,
Айтқан емниң биреўи де жақпады,
Гейпаралар ойлап отыр ишинен,
«Тутқан ғой деп адамлардың ҳақ қаны».
Патша сөйтип жаздырылмай дузақтан,
Күни - түни уйқы көрмей азаптан,
Уллы тәўип Улықманға ат жоллап,
Пәрман менен алдырыпты узақтан.
Ол келиўден патша азлап қуўанды,
-Улықман жан, тезирек айт даўаңды.
Қәне енди керек емди ислей бер,-
Деп ўәзирлер берип атыр саўалды.
Бир-биреўге ҳәзиллесип ойнамай,
Солғын отыр жүзлери ҳеш жайнамай.
Болған исти баян етип тәўипке,
Жуўап күтип, қарай берди айнадай.
Былай деди ең тәўиби дүньяның`
-Елди талап, шаша бердиң жыйғанын.
Бул дәртиңе ҳеш бир даўа табылмас.
Өлип кетер, айтып қалың ийманын...
Бул сөз патша қулағына тийеди,
Шоршып түсти қалт-қалт етип ийеги.
Ышқынғанда шыға жазла-а-п турды да,
Тағы қайта буўындырды сүйеги.
Тили зорға гүрметилип патшаның~
-Олай деме, жақсылықты айт жаным!
Бул дүньяда сен билмеген кесел жоқ,
Не десең де ем болады айтқаның.
Мине, өзиң көрип турсаң ҳалымды,
Сарп етейин ғәзийнемди, малымды.
Барлығы да бир басымнан садаға!-
Деп зарланып Улықманға жалынды.
Ойлап-ойлап, былай деди Улықпан`
-Айтыў ушын, жүрексинбей турыппан,
Бес жастағы перзентиңди соймасаң,
Қутылмассаң усы келген қурықтан!
Айтқанымды ислемесең өлесең,
Өмириңнен үмитлисең еле сен.
Сол балаңды туў сыртыңнан шалдырсақ,
Ҳәпзаматта саў қәддиңе келесең.-
Деген сөз де оқтай болып тийеди,
Бир қысылды қалт-қалт етип ийеги.
Ышқынғанда шыға жазлап турды да,
Тағы қайта қылғындырды сүйеги.
Тыпыршылап бир отырды, бир жатты,
Аўырғалы татқан емес аўқатты.
Сыйқы қашып, тыпыршылап, сыбырлап,
Қысылғаннан зордан-зорға тил қатты`
-Сойыў ушын оны қалай қыяман,
Жалғыз еди бина болған уядан.
Жүз болса да ҳәр перзенттиң орны бар,-
Деп Искендер нәрестесин аяған.
Жалынса да сирә қайыл болмады,
Ядқа түсти сонша адам шалғаны.
Өз басына бүгин қара күн туўып.
Тастай батты аўырыўдың салмағы.
Шийрин жанын өрт шалғандай қыйнаған,
-Ырас-ақ мен кетемен бе, дүньядан!?-
Деп зарланып өлим қәўпи түссе де,
Тирисинде өз перзентин қыймаған.
Аўырыў кем-кем асқынлады ем көрмей,
Жанын қатты шаншып атыр шеңгелдей.
Айтып салды, «бар емиңди исле!»-деп,
Бирдем жерден қысқан шақта дем бермей.
Патша сонда жатыр еди қырынлап,
(Емди тайын етип қойған бурын-ақ).
-Ал баланы шалың!-деди Улықман,
Аўырыўының ҳәмирин тез орынлап.
Ал шалынды! Шапшып қаны атылды!
Патша шоршып, күшин жыйнап ақырғы,-
:стине жар қулағандай силкинип,
Аўзын ашып «ўай-ўай» салып бақырды.
Жүрегине қанжар болып тийеди,
(Ҳәзир турып, қолтығынан сүйеди.)
Аўзын керип бақырғанда, атылып,
Оқтай ушты тамақтағы сүйеги!
Демин алып, жаздырса да тамағын`
-Өлгениң бе, айналайын қарағым!-
Деп ҳеш кимниң айтқан сөзин тыңламай,
Жылай берди басқа түсип қара күн.
Жүрек баўры оттай болып жаныпты,
Сылқа түсипа тез ақылдан таныпты,
(Түтик пенен суўлы бояў себилген
Бала түўе сойған емес жанлықты.)
Мынаў еди Искендердиң көргени:
Арқасына тутқан екен пердени.
Қәпелимде бала сести шырылдап,
Қан шашырап жуўды төсек-көрпени.
Усы еми-тәўибиниң ойлаған,
Патша көп ўақ жылағанын қоймаған.
Бир мәҳәли көзин ашып қараса,
Адам түўе, таўықты да соймаған!
Демек, енди қыйналады несине?
Бир ўақытта келсе толық есине,
Патша өзи аўырыўынан саўалған.
Улы тири, минип отыр төсине.
Жылай-жылай солайынша жубанды,
-Көрсеттиң сен бул дәртиме даўаңды!-
Деп күлимлеп, Улықпанды қушақлап,
Залым патша нәрестедей қуўанды.
Қайтқаннан соң тамақтағы искен жер,
Биротала жазылыпты Искендер.
Бундай түўе, аз болған жоқ дүньяда
Бала ушын жанған отқа түскенлер.
-Ал, қусбегим, Улықманды сыйла, бар!
Улықпан жан, қанша керек дүнья мал?
Гәзийнемниң аўзын ашып берейин,
Керегиңди өзиң таңлап, жыйнап ал!
:йиңе зор бай болып бар, артын да,
Керегиңниң барлығын айт, тартынба!
Мени өлим қурығынан қутқардың,
Өлип кетсем, перзент қалар артымда!-
Деген екен патша шалқып балаша,
Улын сүйип, көрди қызық тамаша.
Сол ўақытта былай депти Улықман`
-Қыйналамыз, биреў қолы қанаса.-
Залымлар бар, жанды шөптей отаған,
Еске түсер, жаўызлыққа қапаман.
Маған берген зор сыйлығың сол болсын,
Ҳеш перзентти айырмаңыз атадан!
Ата барма перзент ғамын жемеген.
Өзиң көрдиң, муҳаббаты ем екен.
Ана барма «жан перзентим саў болсын,
Әжел келсе, жол меники!» демеген.-
Депти сонда, ол патшаның алдында,
«Түсип шықтым,- депти олда,- жалынға».
Өз әкеңди өзиң душпан көресең,
Сениң әкен Искендерден залым ба!?
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Нет комментариев